Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша улыўмахалықлық референдумда даўыс бериў процесслерине Қоңырат районы пуқаралары да белсене қатнаспақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары додаланып, усы жылдың 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы референдумын өткериў ҳаққында қарар қабыл етилген еди, -дейди район ҳәкими Б.Мадаминов. – Бул реформалар пүткил халқымыздың мәплерин ойлаған ҳалда әмелге асырылмақта. Бүгин референдум участкаларында пуқараларымыздың даўыс бериўде қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Даўыс бериў процесслерин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған ҳәм аккредитациядан өткерилген сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт елли және жергиликли ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери бақлап бармақта.




Референдумда район бойынша 72 мыңнан аслам адам даўыс бериўи нәзерде тутылған. Соннан 2 мың 702 жас биринши мәрте даўыс бермекте. Сондай-ақ, 3 мың 56 кексе ҳәм майыплығы бар пуқараның да усы сиясий процесске қатнасыўы тәмийинленди.

Ҳәзирги ўақытта райондағы 54 референдум участкасында даўыс бериў процеси шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги