Қанлыкөл районында Өзбекстан Республикасы Референдумын өткериў бойынша 22 референдум участкасы шөлкемлестирилген болып, районда 26 мың 77 пуқара конституциялық ҳуқықынан пайдаланған ҳалда усы процесcте даўыс бериўи күтилмекте. Олардың 801 биринши мәрте даўыс бермекте. Ал, 444 пуқара болса, мүддетинен алдын даўыс берди.

Бул сиясий процессте «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны пуқаралары да белсене қатнаспақта. Аймақтағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген 295-референдум участкасында 2 мың 656 сайлаўшы дизимге алынған болып, саат 15Ү30 ға шекем даўыс бериўшилердиң 45 проценти даўыс берди.





Референдумда даўыс бериў арқалы пуқараларымыз елимиздиң келешеги ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдеги ийгиликли илажларға өзлериниң үлесин қоспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги