Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы улыўмахалықлық референдум Шоманай районында да жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Районда референдумда даўыс бериўге 23 мың 292 пуқараның қатнасыўы режелестирилген болса, соннан саат 15:00 ге шекем 64 проценти даўыс берген.

– Бүгин өткерилип атырған референдум елимизди және де раўажландырыў, әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы үлкен қәдем болмақта, -дейди 591-референдум өткериўши участкалық комиссиясының баслығы Ерназар Тажаддинов. – Жаңа редакциядағы Конституциямыз ең алды менен, инсан мәплерин ҳәр нәрседен жоқары қойыўды мақсет етеди. Бүгин даўыс берип атырған ҳәр бир жерлесимиз, өзиниң, перзентлери ҳәм ақлықларының келешеги ушын даўыс бермекте.




Райондағы Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 19 участкада референдумға мүнәсип таярлық көрилди. Әcиресе, жасы 70 тен асқан 2 мыңға шамалас кексе пуқаралардың ҳәм 288 майыплығы бар инсанның даўыс бериўи ушын барлық шараятлар жаратылды.




591 жас биринши мәрте даўыс берип атырған болса, 864 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги