Тақыятас районындағы референдум өткерилиўи белгиленген жәми 25 участкада усы сиясий процесстиң шөлкемлескенлик пенен өткерилиўи ушын барлық шараятлар жаратылып, «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамда белгиленген талаплар тийкарында қызғын таярлықлар көрилди.

Районда 35 мыңнан аслам адамның даўыс бериўи күтилмекте. Соның 1671 и биринши мәрте даўыс береди.

– Халқымыз елимизде болып өтип атырған референдум, оның өткерилиў тәртиби ҳәм басқа да жаңалықлардан хабардар болып, даўыс бериў процесслерине белсене қатнаспақта. Райондағы 403-референдум участкасында саат 13:00ге шекем 60 проценттен аслам адам даўыс берип болды,-дейди усы участканың комиссия баслығы Х.Халилаев.

Участкамызда жәми 2041 адам даўыс бериўши сыпатында дизимге алынған.

Аймағымыз турғынлары бүгинги илажға көтериңкилик пенен белсене қатнаспақта.

Орынларда даўыс бериў шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

            Қарақалпақстан хабар агентлиги