Референдум – 2023
Бүгинги рефрерундумға Бозатаў районында да қызғын таярлықлар көрилип, орынлардағы участкаларда даўыс бериў қызғын даўам етпекте.
Район бойынша жәми 15 референдум участкасы болып, онда 9817 адамның даўыс бериўи күтилмекте. Соннан 395 и биринши мәрте даўыс бериўшилер болып есапланады.
Саат 12:00 ге шекем район бойынша даўыс бериўшилердиң 47,2 проценттен асламы даўыс берди.
– Бизлер бул илажға қатнасыў ушын барлық бала шағамыз бенен бирге келдик,-дейди даўыс бериўшилердиң бири. – Себеби, районымызда соңғы жылларда бир қатар жаңаланыўлар, унамлы өзгерислер болды.
Жаңаланып атырған Конституциямыз да усындай ийгиликли ислердиң даўам етиўине ҳуқықый тийкар жарататуғынлығына исенемиз.
Орынларда даўыс бериў шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги