Шымбай районында  жайласқан Референдум өткериўши участкаларда пуқаралардың Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы бойынша даўыс бериўи қызғын басланып кетти.

-Мен пуқаралық позициямды билдириў ушын өзим жасайтуғын аймақтағы референдум өткериўши участкаға келип, даўыс бериўге қатнастым,-дейди район турғыны Шарапат Нарымбетов. –Себеби, мен елимиздиң ертеңги келешеги, халқымыздың абадан турмыс кешириўине бийпәрўа емеспен. Сонлықтан бүгин шаңарағымыз бенен бирге даўыс бериўге қатнастық.

Алынған мағлыўматларға қарағанда, саат 11 ге шекем Шымбай районы бойынша 54 мың 622 даўыс бериўшиден 25 мың 561 пуқара даўыс бериўге қатнасқан.




Ҳәзирги ўақытта референдум өткериўши 45 участкада пуқаралардың даўыс бериўи даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги