2018-жылдың 14-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Қурбанбай Жәримбетовтың 70 жыллық юбилейине бағышлап «Ҳәзирги қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң сәрдары» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди.
Күнниң биринши ярымында Қурбанбай Жәримбетовтың илимий мийнетлериниң көргизбеси болды, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы тәрепинен таярланған «Устаз жолы» көрсетиўи жыйналғанлардың нәзерине усынылды. Илимий-теориялық конференцияны Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Конференцияда Пердебай Нуржановтың «Қ.Жәримбетов мийнетлеринде қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм әдебият теориясы мәселелери» атамасындағы, Бахтияр Генжемуратовтың «Қ.Жәримбетов – белгили алым, устаз ҳәм сыншы, публицист» деген темалардағы баянаты тыңланды. Соң елимизге белгили болған инсанлар Ш.Уснатдинов, Ф.Мўминов, Н.Айымбетовлар шығып сөйлеп, Қурбанбай Жәримбетовты 70 жыллық юбилейи менен қутлықлады.
Илаждың екинши бөлиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың итибарына усынылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўыт Қурбаниязов қатнасты.
Мағлыўмат ушын, Қурбанбай Жәримбетов 1948-жылы Кегейли районының «Қызыл үй» аўылында туўылған. 1965-1970-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетинде оқыған. 1985-жылы «Уллы Ўатандарлық урыс жылларындағы қарақалпақ совет поэзиясы» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлаған. Илимпаздың 2005-жылы «XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы» деген темада жақланған докторлық диссертациясы қарақалпақ әдебияттаныўында өз алдына илимий-изертлеў бағдарына тийкар салды. 2010-жылы профессор илимий атағы, 2011-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағына ийе болды.
Оның көп жыллық илимий-педагогикалық хызметиниң нәтийжеси сыпатында «Әдебияттаныў атамаларының орысша-қарақалпақша түсиндирме сөзлиги», «Әдебияттаныўдан сабақлар», «Қарақалпақ әдебияты» атамаларындағы китаплары баспадан шықты.
Сондай-ақ, Н.А.Кунның «Әййемги Грецияның мифлери ҳәм легендалары» атамасындағы китабын аўдармалаған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.