МҒКА да өткерилген брифингте Қәнигелестирилген билимлендириў орынлары агентлиги мәлимлеме хызмети баслығы Жўрабек Жангиров 2023-2024-оқыў жылы ушын оқыўшыларды қабыл етиў бойынша мағлыўмат берди.

Қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатларына анық пәнлер бағдарына қабыллаў 5-11-классларда, тәбийғый пәнлер бағдарына 7-11-классларда, кейинги оқыў жылларында 5 ҳәм 7-классларда әмелге асырылады.

Ҳәр бир классқа 24 оқыўшы қабыл етиледи.

Кириў имтиханлары нәтийжелери Агентлик тәрепинен ғалаба хабар қуралларында имтихан тапсырылған күннен кейин 20 күн даўамында жәрияланады.

 

Мунавар Қасимова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги