Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 7-имараты алдында «Референдум ҳәм жаслар» атамасында форум болып өтти

Тарийх, География ҳәм Тәбийғый ресурслар ҳәм Дене мәденияты факултети студент-жаслары қатнасыўында форум жоқары кейпиятта болып өтти.

Форумда Тарийх факултети деканы С.А.Сулайманов, География ҳәм тәбийий ресурслар факултети деканы Н.Ембергенов, Дене мәденияты факултети деканы Н.Қайыпов ҳәм сиясий илимлер докторы А.Хожагелдиевлер сөзге шығып, Конституциямызға  киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша 30-апрел сәнесинде өткерилетуғын референдумның мәнис-мазмуны, сондай-ақ, конституциядағы жаңадан киргизилип атырған нызамлардың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз турмысын жақсылаўдағы тутқан әҳмийети бойынша студент-жасларға кеңнен түсиниклер берди.



Соң Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясы ийеси Х.Утемуратова, Бердақ атындағы стипендия ийеси А.Базарбаевалар сөзге шығып жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Форум Арқа-батыс әскерий округи оркестри ағзалары ҳәм эстрада қосықшылары атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Гөззал Жумамуратова,

ҚМУ Тарийх факултетиниң 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги