Қазақстанда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары жеңис күни мүнәсибети менен кеминде 1,5 миллион теңгеден (3,3 мың доллар) алады, деп мәлим етти журналистлерге мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министри Тамара Дүйсенова.

Министрдиң атап өтиўинше, ҳәзирги күнде мәмлекетте 237 Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары жасамақта.

«Оларға 9-майда кеминде 1,5 миллион теңгеден материаллық жәрдем көрсетиледи»,-деди ол ҳәм аймақлық ҳәкимиятлар қарары менен материаллық жәрдем пулы муғдарының арттырылыўы да мүмкин екенлигин қосымша еткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги