Кегейли районында 2006-жылы туўылған жаслар (U-17) арасында футбол бойынша “Спорт мектеплери футбол лигасы” республикалық жарысының аймақлық басқышы болып өтти.

Онда Кегейли, Нөкис  ҳәм Бозатаў районларының спортшы жаслары жарыстың кейинги басқышына жолламаны қолға киргизиў ушын өз-ара ойынларға түсти.

Жарыс жуўмағында барлық қарсыласларынан үстин келген Кегейли районының жаслары биринши орынды ийелеп, бул аймақтан республикалық басқышқа қатнасыў ҳуқықын жеңип алды. Өткерилген жарыс соңында жеңимпаз команда футболшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен дәрежели диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Кегейлиши футболшыларды бул жарысқа  тренерлерден  Сейтмурат Қалжанов, Азамат Хожалепесов  ҳәм Мухаммедали Ережепбаевлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы