Ла Лига басшысы Хавер Тебас ПСЖ ҳүжимшиси Лионель Мессидиң “Барселона”ға қайтыўы мүмкинлиги ҳаққында айтты.
“Мен Мессидиң ышқыпазыман және оны дүньяның ең жақсы футболшысы деп есаплайман, бирақ Лионельдиң Каталонияға қайтыўы ушын биз ҳеш қандай қағыйдаларды өзгертпекши емеспиз. Мениңше, “Барселона” Мессиди қайтарып алыўы мүмкин. Билиўимше, Месси қайтыў пикиринде. “Барселона”да Мессиди өз қатарына қайтарыў мүмкиншилиги бар, бирақ бул қыйын болады”, дейди Тебас.
БАӘниң ири компанияларынан бири аргентиналы ҳүжимшиниң “Барселона”ға қайтыўы ушын қаржы киргизбекши.
Ескертип өтемиз, алдынырақ Мессидиң трансфери Каталония клубының финанслық жағдайына унамлы тәсир көрсететуғыны айтылған еди. Мессидиң қайтыўы клубтың келеси мәўсимдеги улыўма дәраматының 25 процентин қураўы күтилмекте.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ интернет журналистикасы студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги