1. Жефф Безос – 201 млрд доллар.

«Амазон» тийкарын салыўшы Жефф Безос IT дүньясыныӊ ең бай адамы. Ол ҳәзирги ўақытта қайырқомлық жумыслары менен шуғылланады.

  1. Марк Цукерберг – 134,5 млрд доллар.

Цукербергтиң жойбары 2022-жылы улыўма баҳасы 1 триллионнан асқан компаниялар қатарына кирди.

  1. Билл Гейтс – 134 млрд доллар.

«Microsoft» тийкарын салыўшыныӊ ҳаялы Мелинда Гейтс пенен ажырасыў нәтийжесинде байлығының бир бөлегинен айырылды. Бирақ, бул оның ТОП-3 ликтен шығып кетпеўине кесент бермеди.

  1. Ларри Пейж – 123 млрд доллар.

“Google” компаниясы баслығы Ларри Пейж лаўазымын босатқан болыўына қарамастан, акциялардың үлкен бөлегине ийелик етеди.

  1. Сергей Брин – 118, 5 млрд доллар.

«Google» тийкарын салыўшылардан бири болған Сергей Брин IT дүньясында жетерли байлық ҳәм абырай арттырып үлгерген.

«Google» мағлыўматларына тийкарланып жазылды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги