Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова ҳәм Россияныӊ “UchimZnayem” мектеби директоры, госпитал мектеплер жойбары шөлкемлестириўшиси ҳәм баслығы Сергей Шариковтыӊ қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Россияныӊ “UchimZnayem” мектеби тәрепинен «Узақ мүддетли даўаланып атырған балалар ушын тәлим орталығын жаратыў» бойынша шериклик шәртнамасына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта «Меҳрли мектеп» мәмлекетлик билимлендириў орнында 81 мектепке шекемги ҳәм 71 мектеп жасындағы оқыўшылар бар. Бул жерде оқыў процесин шөлкемлестириў ушын өз алдына оқыў реже исленген болып, сабақлар өзбек ҳәм рус тиллеринде, 12 пәннен алып барылады.
Дилфуза Қуўанышбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги