Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасы шерек финаль жуўап ойынлары 18-апрель күни болып өтти.

“Реал” сапарда “Челси” мийманы болды. Ойынның биринши бөлиминде гол урылмады. Екинши бөлимде Мадрид Лондон клубының әззи жеринен үнемли пайдаланып, 2 гол урды. Ҳәр еки гол да Родриго есабына жазылды.

Биринши ойында да есап 2:0 болған еди. Челси Чемпионлар лигасы менен хошласты, ал Реал болса ярым финалға жол алды.

Және бир шерек финаль ойынында “Наполи” ҳәм “Милан” өз-ара гүрес алып барды. Ойынның 43-минутында Оливйе Жиру есапты ашты. Ойын ақырында болса Виктор Осимхен есапты теңлестирди. Бирақ бул гол Наполиға жетерли болмады ҳәм “Милан” еки ойын нәтийжесине бола ярым финальға жол алды.

Бүгин түнде Интер Бенфика менен, Бавария Манчестер Сити қарама-қарсылығы болып өтеди.

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги