ПСЖ ҳүжимшиси Килиан Мбаппениң «Реал»ға өтиўи ең көп додаланып атырған темалардан бирине айланды.
Бирақ, мадридлилер франциялы жулдызды алыў пикиринен қайтқаны айтылмақта. Бул ҳаққында Todofichajes басылымы хабар берди.
Дәректиң атап өтиўинше, «Короллик клубы» жақынласып киятырған жазғы трансферлар ўақтында Килиан Мбаппеге қаржы сарыпламайды. Олар тағы бир жыл күтип, 2024-жылдың жазында «Манчестер Сити» топ урары Эрлинг Холандты алып келмекши. Оған шекем команданыӊ ҳүжим сызығында Карим Бензема ойнап турады. Франциялы топ урар менен бирге ислесиў тағы бир жылға создырылады.
Гулхатиша Уразбаева
ҚМУ Интернет журналистикасы студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги