Усы жылдың 16-17-апрель күнлери Нөкистеги Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайына қараслы Автодромда велоспорттың MТB түри бойынша #арақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Президентимиздиң 2021-жыл 24-сентябрьдеги «Велоспортты раўажландырыўға байланыслы комплексли илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген жарыста 2005-2014-жылларда туўылған ул ҳәм қыз балалар, сондай-ақ ересек адамлар ҳәр қыйлы аралықларда беллести. Кегейли, Хожели, Нөкис районлары ҳәм Нөкис қаласындағы 4 спорт мектебинен жүзден аслам қатнасыўшылар велоспорттың mountain bike түри бойынша Uphill ҳәм cross-country бағдарларында шаққанлығын сынақтан өткерди.


Беллесиў жуўмағында ул балалар арасында Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының оқыўшылары М.Боранбаев, М.Жумагалиев, 2-санлы Нөкис қалалық Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби оқыўшысы Қ.Махсетбаев, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинен М.Арысланбаев, Республикалық қәнигелестирилген Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби оқыўшысы С.Абдикаримов,  Республикалық спорттың  жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби оқыўшысы С.Абдиреймов жеңимпаз болды.



Қыз балалар арасында Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң оқыўшысы Д.Атажанова, Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының оқыўшысы А.Қудайбергенова, 2-санлы Нөкис қалалық Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби оқыўшылары Г.Хожаназарова, П.Утемуратова, А.Абдикадирова, Д.Акманова Қарақалпақстан чемпионы болды.


Жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен дипломлар тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги