Усы жылдың 15–16-апрель күнлери Нөкистеги 2-санлы кәсип-өнер мектебинде спорттың бадминтон түри бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан бадминтон федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен өткерилген беллесиўде республикамыздың Хожели, Шоманай, Қоңырат, Кегейли, Шымбай, Тахтакөпир, Нөкис, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл районларынан ҳәм Нөкис қаласынан 2005-2006-жылларда туўылған және оннан киши жастағы өспирим жаслар қатнасты.
– Беллесиў республикамызда бадминтон спорт түрин раўажландырыў, қатнасыўшылардың спорт шеберлигин жетилистириў, күшли спортшыларды анықлаў ҳәм #арақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамын муўапықластырыў мақсетинде ҳәр жылы алты мәрте өткериледи, -дейди Өзбекстан бадминтон федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң бадминтон спорт түри бойынша үлкен тренери Нийетбай Аметов. – Жарыс ер балалар ҳәм ҳаял-қызлар арасында жеке, жуплық ҳәм аралас жуплық тәртибинде, олимпия усылында өткериледи.
Жеке тәртиптеги бадминтон бойынша ер балалар арасында К.Махамбетов, қызлар арасында З.Атаниязова, жуплық жарысларында балалар арасында Қ.Дәўлетияров ҳәм Ш.Әўезов, қызлар арасында З.Атаниязова ҳәм А.Базарбаева, аралас жуплықлар арасында К.Махамбетов ҳәм З.Атаниязовалар биринши орынды қолға киргизди.
Жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен дипломлар тапсырылды.
Жеке тәртипте жеңимпаз болған бадминтоншылар усы жылдың 27-апрель 3-май күнлери аралығында Наманган ўәлаятында болып өтетуғын Өзбекстан чемпионатына жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги