Kuwait News хабар агентлиги жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған телебаслаўшыны усынды, деп хабар бермекте KazInformation агентлиги баслымының Twitter аккаунтына сүйенген ҳалда.

Виртуал хост Федҳа деп аталды. Ол тармақ пайдаланыўшыларына жаңалықларды усынады.

“Мен Федҳамман, Қувейтдеги биринши жасалма интеллект баслаўшысыман. Қандай жаңалықларды қәлейсиз? Келиң, пикириңизди билейик, – дейди ол араб тилинде.

Kuwait Times 1961-жылы Парсы буғазындағы инглис тилиндеги биринши күнделик газета сыпатында шөлкемлестирилген. 2022-жылы баслым Қувейт хабар агентлиги менен бирлести.

Веб-сайт бас редакторының орынбасары Абдулла Бофтейнниң айтыўынша, бул ҳәрекет жасалма интеллекттиң “жаңа, инновациялық контент”ин усыныўдың имканиятларын сынақтан өткереди.

Оның сөзлерине бола, келешекте Федҳа Twitter аккаунтинде жаңалықларды жайластыра алады.

“Федҳа – Қувейттиң белгили аты. Бул металл, гүмис деген мәнисти аңлатады. “Биз ҳәр дайым гүмис ҳәм металл роботларын бирлестиремиз”,  деди Бофтеин.

Оның сөзлерине бола, баслаўшының ашық реңдеги шашлары ҳәм мөлдир көзлери мәмлекет қувейтлилер ҳәм сырт еллерден қуралған нефтке бай мәмлекет екенинен дәрек береди.

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги