Елликқала районындағы мәденият сарайында «Жаңа Конституция-халық дәртине қулақ салыўшы мәмлекет тийкары» сүрени менен аймақ ҳаял-қызларының қатнасыўында үгит-нәсият ушырасыўы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў институты директорының орынбасары, педагогика илимлериниң докторы, профессор О. Мусурманова,  Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры бас юристконсульты И.Қутлымуратов,  Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы бөлим баслығы  Д.Худайбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақларда шаңарақларды беккемлеў, перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилиги, үлгили жәмийетти қурыўда билимли аналардың ролин кеңнен үгит-нәсиятлаў, пидайылық, жасларда Ўатанға садықлық, пидайылық, интакерлик сезимлерин сиңдириў, аймақларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў, өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша исленип атырған  жумыслар атап өтилди.






Соның менен бирге, үгит-нәсиятшылар топары районның Наўайы  аўыл пуқаралар жыйындағы «Боғёп моҳир қўллари»  тигиўшилик цехында ислеўшилер менен ушырасып, аймақта шөлкемлестирилген «Аналар бағы»на мийўе нәллерин екти.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы