«Китап», «китапқумарлық», «китапхана» сөзлериниӊ тийкарғы мәниси арабшадан алынған ҳәм бир мақсетке, яғный инсан мәнаўиятын байытыўға хызмет қылады.

Тарийхқа нәзер салсақ, дәслепки китапханалар шама менен эрамыздан 2600-жыллар алдын пайда болған екен. Бирақ ол дәўирде мағлыўматлардыӊ барлығы сақлап қалыўшы архивлер жоқ. Ҳәзирги заманагөй, глобал дәўирде түрли электрон китапханалар бар. Олардыӊ өзгеше дизайни адамды ҳайран қалдырады. Бүгиги мақаламызда әне сол китапханалар ҳаққында сөз барады.

«Book Mountain and Library Quarter» китапхана (Нидерландия) Голландия қаласы

Бирмингемдеги жаӊа китапхана (Англия) Уллы Британия

Веннесл китапханасы Норвегия

Сежон миллий китапханасы (Корея)

Саммамиш қаласы китапханасы (Вашингтон)

Алмердеги жаӊа китапхана (Нидерландия)

Квинсленддеги китапхана (Австралия)

Бразилиядағы жаӊа китапхана

Квинсленд штатында жайласқан жаӊа китапхана

Абердин қаласы китапханасы

Истанбулдағы Бойазид китапханасы

Өзбекстан Республикасыныӊ заманагөй китапханаларынан бири – бул Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы.

Миллий китапхана республикамыздағы барлық китапханаларға китаптаныўшылық, библиография ҳәм китаптаныўшылық тараўлары бойынша методикалық басшылық етеди.

Китапхана өз баспаханасына ийе болып, ҳәзирги ўақытта электрон әдебиятлар, илимий журналлар таярланбақта. Келешекте буннан да заманагөй китапханалар қурылып, жаслар заманға сай рәўиште интелектуаллық қәбилетке ийе болады деген үмиттемиз.

 

Азада Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги