Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги бас нутрициологи Гули Шайхова саламат аўқатланыўдың төмендегише зәрүрли қағыйдалары ҳаққында айтып өтти.

1-қағыйда. “Фаст-фуд” ҳәм басқа тез таярланатуғын өнимлер артықша салмақ ҳәм қантлы диабет сыяқлы кеселликлердиң ең тийкарғы себепшиси болып табылады. Сонлықтан бундай  тағамлардан пүткиллей ўаз кешиң.

2-қағыйда. Мийуе-палыз өнимлери  пайдалы азық элементлер ҳәм ферментлерге бай. Сол себепли олардан күнине кеминде 400 грамм жеў усыныс етиледи. Ыссыханаларда жетистирилген өнимлерге химиялық ислеў берилиўине байланыслы өзиниң пайдалы қәсийетлерин жойтады. Солай екен, оларды мүмкиншилиги барынша пайдаланбаң.

3-қағыйда. Өсимлик майы, ақ бийдай уны, қумшекер ҳәм дузды пайдаланыўды шеклең. Себеби, оларда тоқыма жоқ. Бул болса ас сиңириў системасы ҳәм ишеклердеги пайдалы бактериялардың азықланыўына унамсыз тәсир етеди.

Қалаберсе, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми усынысына бола, бир шай қасық — 5 грамм йодланған ас дузы, 25-30 грамм қумшекер күнлик норма есапланады. Оларды көп пайдаланыў жүрек, бүйрек ҳәм қан айланыс системасында унамсыз өзгерислерге алып келеди.

4-қағыйда. Көп аўқат жемең. Буның ең туўры жолы – асықпастан аўқатланыў болып табылады. Аўқатланып атырғанда  сизди алаң етиўши сыртқы факторлар — телевизор көриў, компютерде ислеўден узақ  болың ҳәм азанғы чай ишпестен алдын көшеге шықпаң.

5-қағыйда. Күнлик аўқатлар дизимиңизге сүтли өнимлер — қатық, йогурт, сыр, сүзбе, творог, иримшик болыўына итибар бериң. Себеби, олар сүйеклерди беккемлеп, остеопороз раўажланыўының алдын алады.

6 -қағыйда. Денениң тийкарғы бөлеги суйықлықтан ибарат. Сонлықтан оның нормал ислеўи ушын күнине орташа 2-3 литр суйықлық (газсыз минерал суў, мийўели, майсыз сүтли ишимликлер, кептирилген мийўелердиң қайнатылғанлары ) ишиў усыныс етиледи. Газленген энергетикалық ҳәм алкоголь ишимликлерди ишпең.

7-қағыйда. Белоклы тағамлар аминокислоталарға бай. Олар булшық ет тоқымаларын қәлиплестириў, ески клеткаларды жаңалаў ушын жүдә зәрүр. Белокға бай затларға мәйек, гөш, балық, ғоза сыяқлы өнимлер киреди.

Фарида Муслатдинова,
ҚМУ 4- курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги