Елимизде усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын сиясий ўақыя «Өзбекстан Республикасы Конституцияси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституцияның Нызамы бойынша референдумға таярлық көриў жумыслары алып барылмақта. Бул процесслердиң ашық ҳәм жәриялылық түрде халықаралық ҳәм жергиликли бақлаўшылар институтының орны әҳмийетли.

Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлары ҳәм инсан ҳуқықлары бюросынан узақ мүддетли бақлаўшылар Питер Уолберг (Швеция) ҳәм Ирмели Мария Виено (Финландия) Қарақалпақстанға келди. Олар Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округинде болып, комиссия жумысы менен жақыннан танысты.




Халықаралық бақлаўшылар округлик  комиссия баслығы У.Жалменов ҳәм комиссия ағзалары менен пикирлести.

Онда референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасына муўапық әмелге асырыў туўралы мағлыўматлар берилди.


Атап айтатуғын болсақ, Қарақалпақстанда Өзбекстан Республикасы референдумын 1-Қарақалпақстан округи жумыс жүргизип атырғаны ҳәмде оның аймағында 653 участка дүзилгенлиги, тийисли тәртипте бул участкаларга 7 931 комиссия ағзалары тастыйықланғаны барлық аймақларда  сиясий процесске календар режеге муўапық таярлық ислери даўам етип атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда халықаралық бақлаўшылар референдум өткериўши  округлик ҳәм участкалық  комиссиялары ағзаларына қойылатуғын  талаплар, олардың  тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген оқыў семинарлары, участкаларда физикалық  имканияты шекленген пуқаралар ушын жаратылған шараятлар, мүддетинен алдын даўыс бериў тәртиби, даўыс бериўшилердиң электрон дизимин дүзиў сыяқлы мағлыўматлар менен қызығып, оларға жуўаплар алды.

Сондай-ақ, халықаралық бақлаўшылар округлик  комиссияның  Баспасөз орайында жаратылған шараятлар менен танысып, шөлкемлестириўшилик ислерге өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.

А. Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы