Усы жылдың 8-9 апрель күнлери пайтахтымыз Нөкис қаласында заманагой журналистиканы раўажландырыў орайы тәрепинен «Фактти таллаў, мәлимлемени профессионал тексериў» атамасында семинар-тренинг болып өтти.
Семинарды тренерлер Дария Османова, Дилфуза Мирзахмедовалар алып барды. Еки күнлик семинар даўамында журналист ҳәм блогерлер, “Фактлерди тексериўдиң әҳмийетли тәреплери”, сын пикирлеў ҳәм оны раўажландырыў, фактчекинг мағлыўматлар базасы,фотосүўрет ҳәм видео материалларды тексериў, жәмийетшилик пикирин манипуляция қылыў, логикалық пикирлеў, илмий ҳәм қурамалы фактлерди таллаў, фактчекинг материалларын қалай жазыў керек темалары бойынша өзгеше усылда ҳәм интерактив ойынлар арқалы сабақлар алып барылды .
Семинар жуўмағында белсене қатнасыўшыларға сертификат тапсырылды.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги