«Тик-Ток» Уллы Британияның мағлыўматларын бақлаўшы шөлкеми тәрепинен балалардыӊ жеке өмирин қорғамағаны ушын 12,7 миллион фунт стерлинг муғдарында жәриймаға тартылды.
«Тик-Ток» админстрациясы есап бетин жаратыў ушын минимал жас сыпатында 13 жасты белгиленгенине қарамастан, усы жастағы көпшилик балалар социаллық тармаққа емин-еркин кире алғанлығы буған себеп болғаны көрсетилмекте.
«Тик-Ток» админстрациясы усы жағдайғда жәрийма муғдары бойынша шағым етиў ҳуқықына ийе. Бунда, ис қайта көрип шығылып, соңғы қарар менен жәрийма муғдарына анықлық киритиледи.
Ақсынгүл Орақбева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги