АҚШтағы Brysu Myurrey Калифорния планеталық сүўретлеў лабораториясының алымлары ҳәзирги күнге шекем ең толық Марстың 3Д глобусын иске түсирди.

Онлайн глобус 2006-жылдан берли Mars Reconnaissance Orbiter қурылмасының CTX камерасы тәрепинен алынған 110.000 ақ-қара көринислерден ибарат. Марс картасының өлшемлери пиксел ушын 25 квадрат метрди қурайды. Қызыл планета глобусын жаратыў ушын алты жыл керек болған.

Глобус планетадағы роверлер арасында жедел ҳәрекетлениў ушын панел менен үскенеленген. Глобус интерактив болғаны ушын оны айландырыў ҳәм карта масштабын өзгертиў мүмкин.

Еслетип өтемиз,  алдынырақ Бирлескен Араб Әмирликлери алымлары Марстың жаңа толық картасын жаратқан еди. Карта Hope-Emirates Exploration Imager (EXI) көринисин қайта ислеўдиң ең нәтийжели борт системасы жәрдеминде дүзилген.

 

Ақсынгүл Орақбева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги