Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 9-апрель –Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм мәмлекетлик герби қабыл етилгенлигиниң 30 жыллық сәнеси мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Илажды мектеп директоры, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Ж.Алиева басқарып барды.

Онда мектептиң бурынғы питкериўшиси, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Ветеранлар Кеңесиниң ағзасы, отставкадағы подполковник Маҳмуд Хожамуратов, мектеп директорының орынбасары С.Абдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады. Сондай-ақ, баянатшылар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының халқымыз турмысында тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында, бул бойынша өзлериниң ески Аўқам дүзими дәўириндеги оқыўшылық дәўири менен бүгинги аўыл балаларының турмысын айқын мысаллар тийкарында салыстырып айтып берди.



Өткерилген илажда оқыўшылар тәрепинен баянатшыларға Конституция бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.

 

   Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы