Ҳиндстанда 18 жасар қыз әжағасы менен жәнжеллесип қалған ўақтында телефонды жутып жиберди. Бул ҳаққында The Times of India хабар берди.

Мәлим етилиўинше, ўақыядан соң оператив хирургиялық операция әмелияты өткерилген. Операцияда қатнасқан ҳәм аты жәрияланбаған шаңарақлық жәнжел ҳаққында мағлыўмат берген. Олар Қытайда ислеп шығарылған уялы телефон ушын жәнжеллескен, ашыўы келген қыз телефонды жутып жиберген.

Көп өтпестен, қыздың қарнында аўырыў пайда болған ҳәм кеўил айныўы бақланған. Соннан кейин, ол тезлик пенен емлеўханаға алып барылған. Шыпакерлер қызды компютерь томографиясы, рентген ҳәм ултрасес тексериўи сыяқлы бир қатар тексериўлер өткерген. Шыпакерлер еки саатлық қурамалы операциядан кейин наўқастың денесинен телефонды алып таслаўға ерискен.

 

Ақсынгүл Орақбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги