“Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы  Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызам жойбарының мазмунын халыққа түсиндириў мақсетинде әмелге асырылып атырған үгит-нәсият илажлары  Қоңырат районындағы  Үстирт ҳәм Хорезм аўыл пуқаралар жыйынларында да болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бекитилген ўәкил Ж.Сағындиқов, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жетекши қәнигеси Ш.Бердимуратова,Ташкент мәмлекетлик экономика университети ректоры К.Шарипов, Жоқарғы Кеңес депутаты П.Айтжанов ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары қатнасып, жаңаланып атырған Конституцияның мазмуны-мәниси, әҳмийети ҳәм киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында кең түрде айтып берди.




Илажда аймақ турғынлары тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы