Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиӊ басламасы менен ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери ушын Нөкис қаласындағы “Жумысқа мәрҳамат” моноорайына пресс-тур шөлкемлестирилди.
Дәслеп илаж қатнасыўшыларына моноорайда ҳәм оныӊ филиалларында пуқараларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў, усы арқалы олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бүгинги күни алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер туўралы толық мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 11-августтағы “Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардыӊ мийнет етиўин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған және халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық бурынғы Нөкис коммунал-хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи имаратыныӊ бир бөлегинде 2021-жыл июньде Нөкис қаласы “Жумысқа мәрҳамат” моноорайы өз жумысын баслады.
Монорайдыӊ тийкарғы мақсети, жумыссыз ҳәм жумыс излеп атырған пуқараларды, сондай-ақ белгиленген тәртипте шет еллерде ўақтынша жумыс ислеў ушын кетип атырған пуқараларды кәсип-өнерге, исбилерменликке ҳәм шет тиллерине оқытыўдан ибарат. Сондай-ақ бәнт болмаған халықты сервис ҳәм хызмет көрсетиў, техника, улыўма қурылыс, аўыл хожалығы тараўлары, санлы технологиялар, ишки ҳәм сыртқы мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ҳәм кәсиплик көнликпесин арттырыў, техникум, колледж яки жоқары оқыў орынларына оқыўға кирмеген ҳәм кәсип ийелеўди қәлеўши жетим балалар, ата-анасы қәўендерлигинен айырылған балаларды кәсип-өнерге оқытыў болып табылады. Буннан тысқары, шет тиллерине оқытыў, исбилерменлик ҳәм қаржы саўатлылығына үйретиў, жумысшы кәсиплерди раўажландырыў ҳәм кеӊнен ен жайдырыў, сырт еллердеги жумыс бериўшилердиӊ талапларына жуўап беретуғын жумысшы күшин таярлаўдан ибарат. Орайда шет еллерде ўақтынша жумыс ислеўши пуқараларды кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерине оқытыў, оларды мийнет шараятларына алдыннан таярлаў, олар ушын талап етилетуғын ҳүжжетлерди рәсмийлестириўге көмеклесиледи.
Моноорайға 2021-жылы бәнт болмаған жумыссыз жәми 1128, 2022-жылы 3122 пуқара оқыўға қамтып алынды. Быйылғы жылдыӊ январь-март айлары даўамында 16 кәсип, 5 шет тиллери (инглис, рус, корейс, япон ҳәм түрк тиллери) ҳәм 5 информациялық технологиялар (IT) тараўлары бойынша оқыў курсларына халық бәнтлигине көмеклесиў орайлары жолламасы менен 1011, шәртнама тийкарында 312 жәми 1323 пуқара оқыўға қабылланды. Соннан бүгинги күни 93 пуқара оқыўды тамамлаған болса, 1168 пуқара оқыўды даўам еттирмекте. Буннан тысқары, 1-санлы филиалда усы жылдыӊ январь-март айларында кәсип-өнер, информациялық технологиялар ҳәм шет тиллери бойынша жәми 235 пуқара, 2-санлы филиалына 232 пуқара, Қоӊырат районы филиалына 233 пуқара қамтып алынды. Жақын күнлерде Шымбай районындағы филиалы өз жумысын баслайды.
Илаж қатнасыўшылары бул жердеги түрли кәсипке оқытылып атырған курслардыӊ жумыслары менен танысты. Таӊлаған кәсибининӊ маманы боламан, келешекте усы кәсиптен дәрамат табаман деген пуқаралар ушын барлық шараят жаратылған. Тәжирийбели уста оқытыўшылар оларға кәсип сырларын жалықпастан үйретпекте. Районнан келгенлер жатақхана менен тәмийинленген. Соныӊ менен бирге, имканияты шекленген пуқаралар да көпшиликти қурайды. Бул жерди питкерип кеткен пуқаралардыӊ көпшилиги өз алдына хызмет көрсетиў орынларн ашып, халыққа хызмет көрсетпекте.
Илаж соӊында ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги