Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалық балалар китапханасы тәрепинен улыўма билим бериў мектеплериниӊ оқыўшылары ҳәм  мектеп китапханалары арасында китапқумарлықты раўажландырыў мақсетинде  “Китап бизди бирлестиреди” фестивалы шеңбериндеги  “Китапқумарлық ҳәптелиги” көтериӊкилик жағдайында өткерилди.

Ҳәптелик даўамында республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларындағы улыўма билим бериў мектеплеринде  викторина ойынлары, ушырасыў кешелери, жаӊа китапларды таныстырыў сыяқлы түрли таӊлаўлар болып өтти. Атап айтқанда, биринши күни «Ашық есиклер күни», «Китапхана бойлап саяхат», ҳәптеликтиӊ салтанатлы ашылыў мәресими менен басланды.  Оған Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районындағы бир қатар мектеп оқыўшыларыныӊ китапханаға саяхаты шөлкемлестирилди. Жыйналғанлардыӊ нәзерине Нөкис қаласындағы 3,34-санлы улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Китапхана фойесинде «Келиң, қызықлы китапларды оқыймыз» ҳәм улыўма халықлық Наўрыз байрапмына бағышланған «Наўрыз мийрим-шәпәәт байрамы» атамаларында китап көргизбелери шөлкемлестирилди.

Республикамыздағы барлық қалалық ҳәм районлық улыўма билим бериў мектеплери китапханашыларыныӊ қатнасында «Kitapxanashílarǵa metodikalíq járdem» топарында «Бәркамал әўлад тәрбиясында китап оқыў мәдениятының әҳмийети» темасында Нөкис қаласындағы психологиялық мәсләҳәт орайыныӊ тәжирийбели  психологи Амангүл Оразымбетова менен видеочать арқалы вебинар сәўбетлесиў өткерилди. Онда 85 китапханашы қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Буннан тысқары, Балалар китапханасында «Әдебият ҳаққында ойлар», «Мен оқыған китап» атамаларында республикамызға белгили жазыўшы-шайырлар  менен ушырасыў өткерилди. Онда жазыўшы-шайырлар өзлериниӊ жаӊа шығармаларынан үзиндилер оқыды. Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Китапханада жаӊа әдебиятлардан таныстырыў мәресимлери ҳәм  библиофрешлер таярланып, «Балалар китапханасы» каналына жайластырып барылды. Китапхананыӊ социаллық тармақтағы канал ҳәм топарларында «Китап қалай пайда болған?», «Ең әўметли китапханалар» темаларында да видеороликлар таярланып, жайластырып барылды.

Белсенди китапқумар оқыўшылар менен биргеликте «Сыйқырлы шар», «Китап лотто», «Ақыллы китап» интеллектуаллық ойынлары өткерилди. Ҳәптелик даўамында түрли атамалардағы 2 мыӊ 862 илаж ҳәм таӊлаў өткерилип, оларда 26 мыӊ 705 оқыўшы қатнасты.

Фестиваль жуўмағында бир қатар таӊлаўлардыӊ жеӊимпазлары анықланып, олар мүнәсип сыйлықланды. Атап айтқанда, «Еӊ китапқумар мектеп» таӊлаўында Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектеби биринши, Елликқала районындағы  47-санлы улыўма билим бериў мектеби екинши, Хожели районындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектеби үшинши орынларды ийелеген болса, «Еӊ белсенди китапқумар оқыўшы» таӊлаўында Хожели районындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 9-класс оқыўшысы  Альфия Ешбаева, «Еӊ жақсы слайд презентациясы» номинациясында Мойнақ районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы Асемай Садирбаева, «Еӊ зийрек китапқумар оқыўшы» номинациясында Әмиўдәрья районындағы 59-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 9-класс оқыўшысы Мухлиса Ибрагимова жеӊимпаз деп табылды. Сондай-ақ, «Дөретиўши балалар» таӊлаўында Төрткүл районындағы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 11-класс оқыўшысы  Гулрухсор Тохиржонова биринши, Тахтакөпир районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 9-класс оқыўшысы Саламат Узақбергенов екинши, Әмиўдәрья районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 7-класс оқыўшысы Нәўбәҳәр Сәрсенбаева үшинши, «Еӊ китапқумар шаӊарақ» таӊлаўында Нөкис қаласындағы 34-санлы улыўма билим бериў мектебинен Казаковлар шаӊарағы биринши,  Нөкис районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинен Жолдасбаевлар шаӊарағы екинши,  Тахтакөпир районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинен Муратбаевлар шаӊарағы үшинши орынларды қолға киргизген болса,   Қараөзек районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинен Алланазаровлар шаӊарағы «Еӊ тез жуўап бериўши шаӊарақ», Төрткүл районындағы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинен Розымбетовлар шаӊарағы «Еӊ үлгили шаӊарақ», Бозатаў районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинен Бекниязовлар шаӊарағы «Еӊ мәнаўиятлы шаӊарақ», Әмиўдәрья районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинен Атамуратовлар шаӊарағы «Еӊ пидайы шаӊарақ» номинацияларыныӊ жеӊимпазлары болды. Әмиўдәрья районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ китапханашысы Тазахан Қыдырниязова,  Тақыятас районындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ китапханашысы Алтынай Хасанова, Қоӊырат районындағы 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ китапханашысы Азиза Нарбаева «Еӊ белсенди китапханашы» таӊлаўында сыйлы орынларды ийеледи.













Фестивал жеӊимпазлары ҳәм белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги