Бүгин, 7-апрель күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген мәжилиске 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының ағзалары да қатнасты.

Онда ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў, Өзбекстан Республикасының референдумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша айырым округлик комиссиялар баслықларының мәлимлемелери, Орайлық сайлаў комиссиясының 2023-жылдың биринши ярым жыллық ис-режесиниң биринши шеректеги орынланыўына байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлардан келип шығып, жергиликли ғалаба хабар қуралларының 22, сырт ел ғалаба хабар қуралларының 15 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Солай етип, аккредитациядан өткерилген жергиликли ҳәм сырт елли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 383 ти қурамақта.

Күн тәртибине муўапық, мәжилис даўамында референдум өткериўши 5-Наўайы, 9-Сурхандәрья, 10-Ташкент ўәлаяты округлик комиссиялары баслықларының референдумға таярлық көриў ҳәм оны жоқары шөлкемлескенлик дәрежесинде өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилисте күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.





Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси жуўмақланғаннан соң, 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының баслығы У.Жалменов ис-режеде белгиленген ўазыйпаларды додалады ҳәм округлик комиссия ағзаларына тийисли тапсырмалар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги