Усы жылдың 7-8-апрель күнлери аралығында «Туран» стадионында барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим алып атырған 2010-2011-жылларда туўылған жас өспиримлер арасында миллий спорт ойынлары бойынша жарыс өткерилмекте.
Этноспорттың түрлерин елимиз бойлап кеңнен ен жайдырыў, балалар ҳәм жас өспиримлерди миллий ойынларға кеңнен қамтып алыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы тәрепинен өткерилген «Миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары» атамасындағы илажда оқыўшы-жаслар ләңги тебиў, қазан, бектас ойынларында күш сынасты.
– Районымыз көлеминде өткерилген усындай жарыста ләңги тебиў бойынша биринши орынды ийеледим ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алдым, -дейди Қанлыкөл районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 6-класс оқыўшысы Айдос Муратбаев. – Ләңги тебиўди атамнан үйренгенмен. Ойынның шәрти ләңгини жерге түсирмей көп мәрте теўип турыў керек.
– Бүгинги жарыста оқыўшыларымыз Ж.Кенжебаева бектас, Б.Сейтмуратов ләңги тебиў ҳәм Д.Қыдырбаев, Н.Палўаниязова, Қ.Қуўатбаев, Н.Қуўатбаевлар қазан ойыны бойынша басқа мектеплердиң оқыўшылары менен беллести, -дейди Нөкис қаласы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң денетәрбиясы пәни муғаллими Бердияр Палўаниязов. -Умытылып баратырған миллий ойынларымызды балаларымызға үйретиўимиз, раўажландырыўымыз керек. Олар бул ойынлар ҳаққында түсиникке ийе емес. Бүгинги жарыс себепли, миллий ойынларымызды оқыўшыларымызға үйретип, шын мәниде оларға жан ендирдик, деп ойлайман. Буның ушын шөлкемлестириўшилерге айрықша миннетдаршылығымызды билдиремиз. Келешекте усындай жарыслар Өзбекстан көлеминде де шөлкемлестирилсе мақсетке муўапық болар еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги