Мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыўлар менен раўажланыўлар, оның ертеңги келешеги менен байланыслы мақсет ҳәм режелер, елимиздиң ҳәр бир пуқарасы ушын оғада әҳмийетли.
Усы жылдың 30-апрель сәнесинде болып өтетуғын «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары бойынша референдумда қатнасыў- бул мениң ушын үлкен жуўапкершилик ҳәм мақтаныш.
Мен усы күни мәмлекеттиң пуқарасы сыпатында референдумда қатнасыў арқалы Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясын, халқымның, жасларымыздың келешегин қоллап – қуўатлайман.
Әсиресе, жаңаланып атырған Конституциямызда жаслар ҳәм олардың келешеги менен байланыслы арнаўлы статьяның белгилениўи, келешегимиз тийкары болған жасларымызға үлкен исеним ҳәм жуўапкершилик жүклейди.
Үшинши бөлим, XIV-баптың 79-статьясы жасларға арналған болып, онда мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлейтуғынлығы, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлейтуғынлығы анық белгиленбекте.
Сондай-ақ, усы статьяда мәмлекет жаслардың интелектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын, олардың билим алыўына, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа орналасыўына, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жарататуғынлығы айқын жазылған.
Жаңаланып атырған Конституциямыздағы биз сөз еткен бул статья, жасларымыздың шын мәнисиндеги кәмил инсанлар болып кәлиплесиўине ҳуқуқый негиз болып хызмет ететуғынына исенемиз.
Жаңаланып атырған Koнституциямыз текстинде “Инсан-жәмийет-мәмлекет” идеясы тийкар етип алынғанлығын айрықша атап өтиўимиз керек.
Демек, биз референдумда қатнасыў арқалы елимизде жасаўшы ҳәр бир инсанның мәпи ҳәм қәдир-қымбатын, келешегин қоллап-қуўатлаған боламыз.
Мен елимиз абаданлығы, жасларымыз келешегине бийпәрўа емеспен.
С.Камалов
Халық депутатлары Нөкис
қалалық Кеңеси депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги