Орынларда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен илажлар болып өтпекте.
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында өткерилген илажда жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының баслығы Х.Бекчановлар шығып сөйлеп, Конституция инсан мәпин, оның ҳуқықлары менен еркинлигин, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлигин атап өтти.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жылы он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.
Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Бас нызам болып есапланады, -дейди филиал директоры Б.Мамбетов. -Конституцияның айрықша әҳмийетке ийе тәрепи – оның мазмун-мәниси ҳәм ҳуқықый күши толығы менен ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўға ҳәм инсан мәплерине хызмет етиўге қаратылған.
Илаж соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги