Референдум күнделиги

Орайлық сайлаў комиссиясының референдумға байланыслы гезектеги мәжилиси болып өтти. Гибрид түринде өткен илажда референдумның даўыс бериў бюллетени формасын тастыйықлаў, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасыўшы бақлаўшыларды ҳәм ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациядан өткериў сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер додаланды.

Атап өтилиўинше, референдумда даўыс бериў бюллетенине «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамның 29-статьясына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2023-жыл 10-марттағы сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатының 14-марттағы қарарларында көрсетилген мәселениң тексти киргизилди ҳәм даўыс бериўши ерк-ықрарының вариантлары «аўа» ямаса «яқ» деп көрсетилди.

Қалаберди, даўыс бериў бюллетенлерин көзи әззи даўыс бериўшилер тәрепинен толтырыў ушын Брайль әлипбеси тийкарында трафаретлер де таярланады.

Сондай-ақ, ОСК қарары менен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлер аралық Ассамблеясы, Европада Қәўипсизлик ҳәм Бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы, Грузия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери Орайлық сайлаў комиссиялары сондай-ақ, сырт еллерден жәми 26 бақлаўшы аккредитациядан өткерилди.

Ҳәзирше аккредитациядан өткерилген жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 346ны қурамақта.

Мәжилис даўамында референдум өткериўши 6-Наманган, 8-Сырдәрья, 12-Хорезм округлик комиссиялары баслықларының референдумға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелери де тыңланды.

Күн тәртибинен орын алған барлық мәселелер Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары тәрепинен кеңнен додаланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Ўткир АЛИМОВ,
ӨзАның хабаршысы