Орайлық банк Қарақалпақстан Рсепубликасы Бас басқармасының мәжилислер залында ушырасыў болып өтти.
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ярым өткизгишлер физикасы кафедрасының баслығы Қ.Исмайлов, Нөкис қалалық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы А.Саипова, Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының бөлим баслығы М.Қасымов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар ең алды менен «Инсан қәдири ушын» екенлигин атап өтип, Бас нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер менен нормалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, жаңаланып атырған Тийкарғы нызамымыздың 67-статьясында Мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейди. Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумысты әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын бийғәрез түрде таңлаўға ҳақылы делинген. Экономикамызға қаржы киргизиў қәлеўинде болған ҳәр қандай инвесторды қызықтыратуғын биринши мәселе – исбилерменлик жумысы менен биймәлел шуғылланыўы ҳәм пайда алыўы ушын жаратылған шараят. Сонлықтан, барлық мәмлекетлер өз аймағында бизнес пенен шуғылланыўы ушын қолай орталықты тәмийинлеўге ҳәрекет етеди.
Мәмлекетлерге инвестиция киргизиўде инвестор өзи ушын ең қолайлы юрисдикцияны таңлайды. Сол себепли егерде бас нызамымызда инвестициялық орталық ушын ҳуқыкый тийкар жаратып бермесек, экономика қүдиретли мәмлекетлерге «арзан» жумысшы күшин жеткерип бериўши мәмлекет» сыпатында раўажланбай қалып кете береди. Усы норманың Конституцияға киргизилиўи бириншиден, елимиз экономикасына тиккелей инвестицияларды тартыўды қоллап-қуўатлаўда, инвесторлардың исенимин беккемлеўге ҳәм мәмлекет структураларының жуўапкершилигин асырыўда, екиншиден, исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўде, жеке мүлк қорғалыўын және де күшейтиўге және инвестиция базарындағы бәсекини раўажландырыўға хызмет етеди.
Ушырасыў даўамында банк тараўы хыметкерлери өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Наргиза Аяпова, Айгүл Абатниязова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың Мәлимлеме хызмети бағдары 2-курс студентлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги