Хожели районындағы 2-сектор аймағына қараслы Тынышлық мәкан пуқаралар жыйынында Рамазан айы мүнәсибети менен аймақта жасаўшы пуқаралар ушын ифтарлық дастурханы жайылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, районлық имам-хатиби ҳәм оразадағы нураный ата-аналарымыз қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар илаж қатнасыўшыларын мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлап, елимизге тынышлық, халқымызға беккем аўызбиршилик тиледи.
Аймақ имам-хатиби тәрепинен бүгинги күни елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық мазмунында түсиник жумыслары алып барылып, елимиздиң абаданлығы ушын Қуран сүрелери оқылды.
Илаж қатнасыўшылары да бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы