Сенат жалпы мәжилисинде «Жынаят кодексине коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам мақулланды.

Нызам менен Жынаят кодекси «коррупцияға байланыслы жынаятлар» деген атама менен толықтырылды. Оған бола тийисли статьялары, бөлими ҳәм бәнтлеринде нәзерде тутылған қылмыслар коррупцияға байланыслы жынаятлар деп табылыўы белгиленбекте ҳәм бул жынаятлар ушын жазаны күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Нызам менен Жынаят кодексиниң тийисли статьяларына киргизилип атырған өзгерислер арқалы өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў, алдаўшылық, салықлар ямаса басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеўден бас тартыў ушын ҳүким етилген, бирақ жынаят ақыбетинде келтирилген зыянды толық қапламаған шахсларға ҳәм пара алыў, пара бериў, пара алыў-бериўде дәлдалшылық жынаятларын ислеген шахсларға жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етиў ҳәм жазаны жеңилиреги менен алмастырыў сыяқлы нормалар қолланылмайды.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң хызметкерин пара есабынан өзине қаратып алыў менен байланыслы жынаятлар ушын еркинен айырыў жазасын тайынлаў белгиленбекте.

Киргизилип атырған өзгерислер коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў ҳәм бул иллет жүз бергенде жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып есапланады.

ӨзА