Ҳаял-қызлар ҳәм ер жетпегенлерге исленип атырған ҳәр қыйлы зорлық жағдайларына қатаң жаза илажларын белгилеў усындай унамсыз жағдайлардың алдын алыўға тийкар жаратады.

Сенат жалпы мәжилисинде додаланған «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасы және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам усы мақсетке қаратылған.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева бул бойынша пикир билдирип, балалар ҳәм ҳаял-қызларға зорлық мәселесиниң ҳәзирги күнде қаншелли әҳмийетли екенлигин артықша түсиндириў, тийкарлаў шәрт емес, деп атап өтти. Солай болса да, алып барылған кең көлемли таллаўдың айырым мағлыўматларына итибарыңызды қаратпақшыман. 2021-2022-жыллары ҳуқық қорғаўшы уйымларға ҳаял-қызларды қорқытыў ҳәм зорлық етиў жағдайлары бойынша 72 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен болып, олардың дерлик 61 мыңнан көби ямаса дерлик 85 проценти шаңарақта жүз берген.

– Бирақ, тилекке қарсы, усы күнге шекем Өзбекстанда шаңарақтағы зорлық бойынша жуўапкершиликке тартыўшы өз алдына норма болмаған,-деди Сенат Баслығы. – Ямаса ҳаял-қызлар ҳәм балаларға әтирапымызда жүз берип атырған аянышлы ҳәм жеркенишли жынаятларды алайық. 2020-жылы 156, 2021-жылы 243 намысқа тийиў жынаяты жүз берген. Янгиҳаёт районындағы 12 жасар қыздың зорланыўы ҳәм өлтирилиўи, Хорезмдеги балалар үйи, Сергели районындағы ана 3 перзенти менен бирге жоқары қабаттан секириўи… Булар ҳәр биримизге тәсир етти. Көзимизди ашыўға, бундай машқалаларға итибарымызды қаратыўға мәжбүр етеди. Нызамшылық көзқарасынан мине, усы бағдарда қатаң жуўапкершилик белгиленип атырғаны оғада әҳмийетли ҳәм бул нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Нызам менен «шаңарақлық (турмыслық) зорлық», яғный ҳаялына ямаса күйеўине, бурынғы ҳаялына ямаса бурынғы күйеўине, қандайда бир шаңарақ тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўмалық перзентке ийе болған шахсқа исленген зорлық ушын тийислисинше ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары белгиленбекте.

Ендигиден былай жынысый зорлық, соның ишинде, жас өспиримлерге жынысый зорлық ислеген шахсларға жазадан алдын мүддетинен алдын шәртли азат етиў ямаса жазаны жеңилиреги менен алмастырыў түриндеги гуманитарлық актлериниң қолланылмайтуғыны белгиленип, бундай жынаятлар ушын жаза илажлары және де аўырластырылмақта.

Буннан тысқары, ҳаял-қызларға жаман нийетли мазмундағы ҳәрекетлер ислегени, изинен аңлығаны ҳәм ата-ана өзиниң ер жетпеген балаларына қайырқом ямаса қәўендер тайынлаў бағдарындағы миннетлемелерин орынламағаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Нызамшылыққа киргизилип атырған тийкарғы өзгерислерден және бири сонда, әмелдеги нызамшылыққа бола намысына тийиў ҳәм жынысый талапты зорлық ислетип тәбийғый емес усылда қанаатландырыў сыяқлы жынаятларды квалификациялаўда жәбирлениўшиниң жасы айыпланыўшыға белгили болыўы тийкарғы нормалардан бири болған болса, келешекте бул қағыйда бийкар етилмекте. Яғный айыпланыўшының жәбирлениўшиниң жасын билмейтуғыны оны Жынаят кодекси статьяларының тийисли бөлимлеринде нәзерде тутылған жуўапкершиликтен азат етпейди.

Соның менен бирге, ер жетпегенлерге жынысый зорлық ислеген шахслардың балаларға билим, тәрбия бериў, сондай-ақ, балалар менен тиккелей ислесиўди нәзерде тутыўшы жумыс түрлери менен шуғылланыўын қадаған етиў ҳәм бул түрдеги жынаятларды ислеген шахслардың дизимин жүргизиў нәзерде тутылмақта.

 Норгул Абдураимова, ӨзА