Министрлер Кабинетиниң усы жылы 3-апрельдеги қарары менен жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерис киргизилди. Ҳүжжет Lex.uz порталына жайластырылған.

Оған бола, Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрельдеги 172-санлы қарары менен тастыйқланған Жол ҳәрекети қағыйдаларының 78-бәнти екинши хатбасы төмендегише баян етилетуғын болды:

«Нөкис ҳәм Ташкент қалаларында, ўәлаятлар ҳәм районлардың орайларында, сондай-ақ қалалар аймақларында транспорт қуралларының тезлигин саатына 60 километрден асырмай ҳәрекетлениўге рухсат етиледи».

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022 – 2026 жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманының 15-бәнтине муўапық, 2023-жылдың 1-апрелинен баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлар менен районлардың орайларында транспорт қураллары ҳәрекетлениўиниң ең жоқары тезлиги саатына 70 километрден 60 километрге шекем түсирилиўи белгиленди.

 

 Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги