Усы жылы 4-апрель күни Өзбекстан сыртқы ислер министри ў.а. Бахтиёр Саидов сырт ел дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары менен Қарақалпақстанға келгени ҳаққында хабар берген еди.

Дипломатиялық корпус ўәкиллери сапар шеңберинде Нөкис қаласында да болып, қаладағы ең ири жойбарлардан бири – БАӘниң 28 миллион доллар муғдарындағы гранты жәрдеминде әмелге асырылып атырған Ана ҳәм бала емлеўханасында да болды.

«Бул жерде емлеўхана ҳаққында мағлыўмат алдық. Емлеўхана, соның ишинде, перинаталь орайы 2023-жылы сентябрь айында пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте», – дейди министр.

Еслетип өтемиз, дипломатлар, соның ишинде, Мойнақта да болып, ол жерде Аралбойында қоршаған орталықты тиклеў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарында Өзбекстан Ҳүкимети тәрепинен әмелге асырылып атырған ис-ҳәрекетлер менен танысқан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги