Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 5-апрель күни болып өткен мәжилисинде Өзбекстан Республикасының референдумында даўыс бериў бюллетениниң формасы тастыйықланды.

Видео – конференция түринде өткерилген мәжилисте 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы ағзалары да қатнасты.

Мәжилисте референдумда даўыс бериў бюллетенине “Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында”ғы Нызамның 29-статьясына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық  палатасының 2023-жыл 10-марттағы ҳәм Олий Мажлис Сенатының 14- марттағы қарарларында көрсетилген мәселениң тексти киргизилди ҳәм даўыс бериўшиниң еркин қәлеў вариантлары «аўа» яки «яқ» деп көрсетилди. Сондай-ақ, даўыс бериў бюллетенинде оны толтырыў тәртиби ҳаққында түсиник бериледи.

Даўыс бериў бюллетенларин көзи әззи даўыс бериўшилер тәрепинен толтырыў ушын Брайль әлипбеси тийкарында трафаретлер де таярланады.

Даўыс бериў бюллетенлери референдум өткериўши округлик комиссиялар тәрепинен усынылған мағлыўматқа муўапық референдум округи бойынша даўыс бериўшилер санын, соның ишинде, референдум округи аймағында жасаўшы көпшилик халық сөйлесетуғын тиллерде даўыс бериў бюллетенлерин таярлаў бойынша талапты инабатқа алып басып шығарылады.

Комиссия тәрепинен даўыс бериў бюллетенлерин референдум өткериўши участкалық комиссияларға белгиленген мүддетлерде жеткерип бериў илажлары белгиленди.

Мәжилисте сондай-ақ, күн тәртибине муўапық Өзбекстан Республикасының референдумында сырт еллер ҳәм халық аралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў, референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша айырым округлик комиссиялар баслықларының мәлимлемелерине байланыслы мәселелер көрип шығылды.






Соның ишинде, ОСК қарары менен Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы Парламентлерарлық Ассамблеясы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы, Грузия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм сырт мәмлекетлерден жәми 26 бақлаўшы аккредитациядан өткерилди.

Сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатларға бола, 14 жергиликли ғалаба хабар қуралларының жәми 62 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Енди аккредитациядан өткерилген жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 346 ны қурамақта.

Мәжилис даўамында референдум өткериўши 6-Наманган, 8-Сырдәрья,
12-Хорезм округлик комиссиялары баслықларының референдумға таярлық көриў ҳәм оны көтериңки руўхта өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилисте күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша тийисли  қарарлар қабыл етилди.

Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси жуўмақланғаннан соң 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы баслығы У.Жалменов ис-режеде белгиленген ўазыйпаларды додалады ҳәм округлик комиссия ағзаларына тийисли тапсырмалар берди.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы