Нөкис әскерий судының канцелярия баслығы Д.Аллашов тәрепинен Өзбекстан Республикасы МҚХ шегара әскерлери сәркардалығына қараслы әскерий бөлим әскерий хызметкерлериниң қатнасыўында «Жаңа Өзбекстан – ҳуқықый демократиялық мәмлекет» инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары, нызамшылықты және де раўажландырыў перспективалары» темасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Онда атап өтилгениндей, жаңа редакциядағы Конституцияда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң қорғалыўы және де жетилистирилмекте. Соның ишинде, Конституциямыз алдын әмел етип келген «мәмлекет-жәмийет-инсан» принципин «инсан-жәмийет-мәмлекет» деп өзгертиў, яғный, бәринен бурын, инсан мәпин ҳәмме нәрседен үстин қойыўды мақсет еткен.
Жойбарға тийкарланып инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды, ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы мүмкин емес. Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери тиккелей әмел етеди сондай-ақ, нызамлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жумысының мәнис-мазмунын белгилеп береди.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының жаңа редакцияда қабыл етилиўи күтилип атырған Конституциясында ҳәммеге маман юридикалық жәрдем алыў ҳуқықының кепиллениўи, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда, юридикалық жәрдем мәмлекет есабынан көрсетилиўи, ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен қорғалыўы белгиленген. Сондай-ақ, мәмлекет жәбирленгенлерге қорғалыў ҳәм әдил судлаўдан пайдаланыўды тәмийинлеўи, оларға жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын шараятлар жаратылыўы тәмийинлениўи нәзерде тутылмақта.
Илаж қатнасыўшылардың темаға байланыслы сораў-жуўаплары менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги