Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларды студент-жасларға жеткериў мақсетинде Өзбекстан денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Конституция сеники, меники, бизики, өзимиздики» сүрени астында «Референдум ҳәм жаслар» атамасында илаж болып өтти.
Онда ветеран спортшылар, спорт шеберлери, усы жоқары оқыў орнының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда спорт ветераны М.Каукешов, филиалдың үлкен оқытыўшысы Ж.Султамуратов, юрисконсульт М.Сагындыков ҳәм басқалар күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселе бойынша баянат жасады.
– Өзбекстан Республикасы Конституциясы нызам жойбарының 51-статьясына кеңирек тоқтап өтетуғын болсақ, «Пуқаралар мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде таңлаў тийкарында мәмлекет есабынан жоқары мағлыўмат алыўға ҳақылы» деп киргизилгени де жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қоса алатуғын жетик, өз тараўының билимданы болған қәнигелерди жетилистирип шығарыўға хызмет етеди, -дейди филиал директорының жаслар мәселелери ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Д.Нурышев. – Студент-жасларымыздың өзлери Конституция нызам жойбарының мазмун-мәнисин қызығыўшылық пенен үйренбекте ҳәм заманласларын 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға белсене қатнасыўға шақырмақта.
Илаж соңында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына нураный устазларынан, қәнигелерден жуўап алды.