Елимизде даўам етип атырған наўрыз қуўанышлары, өмирге және де заўық берип, келешекке руўхландырыўшы жаңалықларға бай, қуўанышларға уласпақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға болған сапары, бүгин ҳәр бир жерлесимиздиң кеўлинде шексиз миннетдаршылық, қәлбинде шадлық сезимлерин оятпақта.
Себеби, сапар даўамында мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткерилген ҳәр бир илаж, анық мәқсетли режелер, елимиздиң еле де гүллеп раўажланыўы, шаңарақлардың абадан турмысы, жасларымыздың нурлы келешеги менен тығыз байланыслы.
Президентимиз қәдем қойған Кегейли районындағы «Ақтуба текстиль» кәрханасы, бүгин райондағы қолында өнери бар, бирақ жумыссыз отырған бир нешше жүзлеген ҳаял-қызлардың қутлы мәканына айланған.
Ҳақыйқатын айтыўымыз керек, алдын районда бундай санаат кәрханалары болмаған еди.
Мәмлекетимиз басшысының тиккелей басшылығында, экономиканы структуралық жақтан өзгертиў, сондай-ақ аймақлар аралық бирге ислесиўди жолға қойыў тийкарында әмелге асырылған жумыслар, әндижанлы исбилерменлер менен биргеликте үш жойбардың иске қосылыўына имканият жаратты.
Биз тилге алып атырған «Ақтуба текстиль» мине усындай, жаңа идеялар тийкарында қәд көтерген кәрханалардың бири.
Жылына 3 миллионнан аслам трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе бул кәрханаға Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған.
Бир күн келип, алыс аўыл ҳаял-қызлары, өз елинде, шет ел үскенелерин басқарып, дәрамат табады, деп ким ойлапты дейсиз.
Әлбетте, бул елимиздеги тынышлық, аўызбиршиликли мийнет, нәтийжели изленислер, ел басшыларымыздың ел-журт мәпи жолындағы пидәкерлик ҳәрекетлериниң нәтийжеси есапланады.
Жаңа кәрханадағы 500 жумыс орны, жылына 6 миллион долларлық өним экспорт етиў мүмкиншилиги, жумыссызлықтың азайып, район экономикасының жоқарылаўына хызмет етпекте.
Халқымызда “Питер истиң басына, жақсы келер қасына” деген ҳикметли сөз бийкарға айтылмаған.
Президентимиздиң сол жерде, рәмзий түймени басып, 6 жаңа кәрхананы иске қосып бериўи, республикамыздың социал-экономикалық турмысындағы тарийхый ўақыя болды, десек асыра айтқан болмаймыз.
Бул кәрханалар Беруний районындағы «Беруний бийдай кластер» ҳәм «Райхан аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының 3-басқышы, Қоңырат районындағы «ККРаси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут хотел» ҳәм Төрткүл районындағы «Хозагро» ири комплекслери есапланады.
Нөкис қаласы менен төрт райондағы жәми 1 мың 100 пуқараны турақлы жумыс орны менен тәмийинлеўши, бул кәрханалар халқымызға, елимиз мийманларына хызмети жарасып, дүнья базарынан мүнәсип орын ийелей берсин.
Айрықша атап өтиўимиз керек, Президентимиз тәрепинен билдирилген 3 жаңа баслама, Қарақалпақстанда жасаўшы халықтың абаданлығын еле де арттырыўға қаратылғанлығы менен оғада әҳмийетли. Биринши басламаға тийкар Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады.
Оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум ажыратылады.
Екиншиси, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп бериледи.
Үшиншиси, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады.
Оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотыхтан жер ажыратылады.
Мине, көринип турғаныңыздай, ҳәр бир басламаның түп негизинде инсан мәпи, оның қәдир-қымбаты жәмленген.
Қарақалпақстанда 72 мың рәсмий жумыссыз бар екенлиги, ҳәр жылы 43 мың жаслар мийнет базарына кирип келип атырғанлығы, 193 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм Қарақалпақстанды «жумыссызлықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў мәселеси де мәмлекетимиз басшысы итибарында екенлиги, қәлбимизде шексиз миннетдарлық сезимди оятады.
Буннан басқада, халықтың турмыс абаданлығын көтериў, адамлардың разылығын тәмийинлеў менен байланыслы, мәнзилли режелер оғада көп.
Ең тийкарғысы Президентимиздиң республикамызға болған қутлы қәдеми, мол табысларға, абадан турмысқа, нурлы келешекке кең имканият есиклерин ашары анық.
Раўаж ОТАРБАЕВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги