Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залы суў сепкендей тыныш. Бир неше минуттан кейин мәмлекетимиз басшысы Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң сапары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў мәселесин додалаў бойынша мәжилис басланды. Мәжилис Кегейли районында болды, қалған барлық район ҳәм қалалардың ўәкиллери видеобақлаў арқалы қатнасты.
Бул мәўритлерде қыр әтирапына нәзер таслаған инсан бәршениң бет жүзлеринен Президентимиз бул сапары бизлерди қандай жаңалықлар менен сыйлайды, алдымызға қандай ўазыйпалар қояды, деген нәзик толқынланыўларды байқайды.
Бул тәбийғый жағдай. Мәмлекетимиз басшысы орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлардың орынланыўы мемен танысыў, халық пенен жүзбе-жүз ушырасыў мақсетинде қайсы ўәлаятқа бармасын, әлбетте, исленген жумысларды халық пенен биргеликте додалайды, таллайды, адамлардың турмысын абат етиў, экономикалық жағдайды арттырыў бойынша ири жойбарларды ортаға таслайды. Усы тәризде сораўлар, есабатлар, сораў-жуўаплар, тапсырмалар басланады…
Бул ретки сөйлесиў бурынғыдан басқаша басланды. Илаж алдынан 6 жаңа кәрхананы иске қосыў мәресими болды. Беруний районындағы Беруний бийдай кластер ҳәм «Райхан аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының үшинши басқышы, Қоңырат районындағы «ККРаси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут хотел», Төрткүл районындағы «Хозагро» ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслердиң потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди. Бул кәрханаларда жәми 1100 турақлы жумыс орны жаратылады, олар арқалы өндириске 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.
Президентимиз рәмзий түймени басты, жаңа кәрханалар иске қосылды, қол шаппатлаўлар болды.
Қол шаппатлаўлар жаңлап атырған ўақытта Президентимиздиң 2019-жыл 20-август күни Қарақалпақстанға еткен сапары ўақтында айтқан бир сөзи есиме түсти.
– Мен Сизлер менен ушырасқанда, – деген еди сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы, – сизиң қызғын қол шапатлаўларыңызды көриў ушын емес, сизлердиң көзлериңиздеги қуўанышты көриў ушын келемен. Себеби тарийхтан жақсы белгили, қарақалпақ халқы тарийхта ҳәмме ўақыт қайғы, аўыр дәрт пенен күн кеширген.
Президент бул сөзлерди бийкарға айтпаған еди. Қарақалпақ халқының өтмишин жақсы билген, дәрт-тәшиўишлерин кеўлинен сезген адам айтыўы мүмкин еди бундай сөзлерди. Ҳәр бир халықтың узын тарийхы, басып өткен жолы, басынан өткерген ыссы-суўық күнлери бар. Үргин-боранлар ийриминде қатайып-писпеген ел де, миллет те жоқ бул дүньяда. Бирақ, ҳеш ким қарақалпақлар сыяқлы ашшы ызғырықларға дус келмеген болса керек.
Өтмиши эрамызға шекемги әсирлерге барып тақалатуғын бул халық, халық болып қәлиплескеннен баслап, қайғылы демлерге жүзбе-жүз келеберди: зорлардың басқыншылығына ушырады, бир орында мәкан таппады, «көшә-көш», «қаша-қаш» деген қәўип-қәтерлер астында жасаўға мәжбүр болды. Арал бойларында балықшылық, шарўашылық пенен тыныш ғана жасап жүрген, дәслепки дәреклерде «қара бөрикли», монголлар империясы дәўиринде «қәўими кулоҳи сияҳ» деп аталған қарақалпақларды Шынғысхан әскерлери Рус шөлистанлықларына қуўды.
Бундай қорлықларды қарақалпақтың уллы шайыры Бердақ былайынша сәўлелендиреди:
Залымлар тыңламас мөҳминниң зарын,
Олар ойлар өзлериниң оңарын,
Ҳеш ўақытта залым қолында барын –
Жаратпаслар бар болса да халық ушын.
Қарақалпақларға бир мүддет Киев Русьи кеңликлери, Волга-Урал аралықлары, кейин ала Иртыш жағалаўлары аманат баспана болды. Оннан кейин Сарықамыс, Узбой, Сайхун бойларында күн кеширген халық ақыр-ақыбет, жер жүзиниң ярымын айланып-айланып, 18-әсирдиң орталарында, не бир машақатлар менен және Жайҳун жағаларына қайтып келди. Келди ата мәканына. Бирақ, тәғдир даўылларында неше мыңлаған ул-қызларынан ерте айырылған «қара бөрикли»лердиң маңлайына тыныш-парахат демлер еле жазылмаған екен: және қуў-қуўлар, шетлетиўлер, урыслар, қан төгиўлер… Айтсаң тилиң, айтпасан дилиң күйеди. Совет Россиясы империясы заманында да гейде Россия, гейде Қазақстан қурамына өткерип-қайтарылған «қәўими кулаҳи сияҳ»лар, ақыр-ақыбет, Өзбекстан менен бир мәмлекет, бир ел статусына ийе болғаннан кейин ғана әзелий арзыў-нийетлерге жетти.
Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин ҳақыйқый аңғарына қайтты. Әсиресе, кейинги 5-6 жыл ишиндеги өзгерислер, қурылып атырған бир-биринен көркем турақ жайлар, мәденият-ағартыўшылық орынлары, заводлар, фабрикалар, көшелер, көпирлер, қыябанлар, парклер…
Ҳәзир, қол шапатлаўлар болып турған бул мәўритлерде, Журтбасшымыз қол шапатлаўлардан емес, мениңше, қарақалпақстанлылардың бет-жүзлеринде өзи нийет еткен қуўаныш сезимлерин көрип атырғанынан бахытлы екени сезилип турғандай еди. Себеби, бундай мүбәрек күнлерге жетип келиў аңсат болды ма? Неше мәртелеп келди қарақалпақ үлкесине. Мине, усы сапар етиўлер себепли Қарақалпақ диярының ең алыс аўылларына жаңа өмир кирип барды. Бир ғана Аралды, Мойнақты бир нәпес көз алдыңызға келтириң Қаншелли мүшкил ҳәм аянышлы еди бул жердеги көринислер. Аэропорт туўе, жалғыз жүретуғын жоллар да көмилип, жоқ болып кеткен Мойнаққа Ташкенттен көтерилген биринши санлы борт, яғный Президент ушқан самолёт 2022-жыл 23-февраль күни Мойнақ аэропортына келип қонды. Оған шекем Президентимиздиң өзи еки рет – 2018- ҳәм 2019-жылларда Мойнаққа барған, мойнақлы жасы үлкенлер, мәҳәлле басшылары, жаслар менен ушырасқан, сәўбетлескен, мәсләҳәтлескен ҳәм сол ўақытта «Мәденият Аралдан басланады» деген идеяны алға қойған еди. Сапар еткен ўақтында Шавкат Мирзиёевтиң өзи Арал теңизиниң қурыған ултанына барып, жағдайды көрди.
Бир ўақытлары мыңлаған адамлар абат турмыс кеширген, тонналап балықлар аўлаған, теңиз ҳәм оған тутас дәрья жайлаўларында қой-қозылар бағып жүрген, қуслардың сайраўы, жаслардың қосықлары жаңлап турған мәнзилде бундай әбигер жағдайды көриў, оның келешегин көз алдымызға келтириў қаншелли аўыр.
Журтбасшымыз, жағдайды терең баҳалап, бул аянышлы машқаланы ақылға уғрас шешиўди ойлады. Әлбетте, усы ўақытқа шекем де бул апатшылықты сапластырыўға байланыслы халықаралық режелер, илимий стратегиялар, ҳәр түрли қорлар бар еди. Аралды қутқарыў шөклемлериниң жумысы тоқтаған емес, тек ғана нәтийже жоқ еди. Президент жаңа стратегияны усыныс етти. Машқаланы шешиў ушын Аралдың қурып қалған бөлегине өсимликлер егип, дузлы, зәҳәрли шан-тозаңды тоқтатып, оның орнына жасыл экономиканы шөлкемлестириўди илимий тийкарлап берди. Дүнья жәмийетшилиги бул пикирди адамзат тарийхындағы данышпанлықтың және бир жетискенлиги сыпатында баҳалады.
Президенттиң басламасы менен Аралбойын адамларға ырысқы беретуғын жумыс ҳәм дәрәмат дәрегине айландырған мәканға айландырыў жумыслары басланды. Қарақалпақстан Республикасының районлары белгили ўәлаятларға бириктирилди. Өзбекстан аяққа турды, Өзбекстан Арал бойларын абат етиўге бар күшин салып бел байлады. Бәринен бурын, қоршаған орталықты, таза ҳаўаны тазалаў, теңиздиң қурыған ултанына көтерилип атырған миллион-миллион тонна шаң, зәҳәрли дузларды азайтыў мақсетинде шорға шыдамлы өсимликлер егиўге кирисилди. Ел бириксе, таўды талқан, шөлди бостан етеди. Арал жағаларында өмир қайнады, мыңлаған адамлар бел, кетпен көтерди, жүзлеген тракторлар гүрилдеп жер сүрди, самолётлар аспаннан туқым септи. Бурынғы 40 жыллар даўамында Аралдың қурыған ултанына тек ғана 400 мың гектар сексеўил егилген болса, әне-мине дегенше теңиздиң суўы қурыған 2 миллион гектардан артық бөлегине сексеўил, қарабарақ, қандим, черкез сыяқлы шөл өсимликлери егилип, тоғайзарлық жаратылды.
Президент Шавкат Мирзиёев бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының сессияларында шығып сөйлеп, халықаралық саммитлерде әҳмийетли усынысларды алға қойды. Дүнья халқын және ҳәм және Арал апатшылығы ҳәм апатшылықтың алдын алыўға қаратты. Усы тәризде Арал машқаласына қарсы гүресиўде дүньядағы барлық мәмлекетлердиң бирлигин қураған Траст фондына тийкар салынды. Халықтың жойытылып атырған үмитлери тикленди. Президентимиздиң және бир басламасы менен Аралбойының флора ҳәм фаунасын жақсылаў бойынша миллий бағдарлама ислеп шығылды.
Республиканың басқа районларында да жумыслар бир нәпес болса да тоқтаған емес. Бухара ўәлаяты исбилерменлери Хожели, хорезмлилер Шоманай, самарқандлылар Нөкис, сырдәрьялылар Қанлыкөл районларында бағлар, жүзимзарлар, ықшам ыссыханалар шөлкемлестирди. Қалған районларда одан да салмақлы жойбарлар орынланды. Соның ишинде, қарамал, қой ҳәм ешкилерди көбейтиў, қус, қоян ҳәм пал-ҳәррешиликти раўажландырыў жолға қойылды. Буның ушын шаңарақларға қой ҳәм ешкилер, қоянлар ҳәм пәл-ҳәррелер тарқатылды. Жүз мыңлаған гектар майданда «Жасыл қапламалар» жаратылды. Бундай әҳмийетли жумыслар елеге шекем жеделлик пенен даўам еттирилмекте.
Ҳәр сапары Қарақалпақстанға келгенинде бул мәселеге айрықша итибар беретуғын Президент бул сапары да және айрықша тоқтап өтти:
- Биз бир ел ҳәм бир халықпыз! Ҳәмме ўәлаятлар Қарақалпақстанды раўажландырыўға өз үлесин қосыўға бел байлаған. Ҳәр бир районға министрлер, ўәлаят ҳәкимлери, уйым ҳәм банклердиң басшылары бириктирилген. Оның нәтийжелери барлық районларда көринбекте ҳәм бул жумыслар тоқтамайды.
Президентимиздиң ҳәзирги бахтияр жағдайы және бир көринисти – 2016-жыл 10-ноябрь күни Шоманай районында болып өткен сайлаў алды ушырасыўында айтқан мине усы гәплерин ядыма түсирди:
– Мен тек ғана өзбек халқының емес, ал қарақалпақ халқының да перзентимен. Буннан былай ҳәр бир район ҳәм қалаға, керек болса шетки-шетки аўылларға шекем кирип барамыз. Ол жерде жасап атырған адамлардың дәртин тыңлаймыз, машқалаларын шешиўге қаратылған бағдарламалар ислеп шығамыз ҳәм орынланыўын қатаң қадағалаймыз.
Солай да болды. Шавкат Мирзиёев президентлик лаўазымына кирисиўден баслап Қарақалпақстанға айрықша итибар қаратты. Қарақалпақ жеринде басланған реформалардың барлығы турақлы қадағалаўға алынғаны себепли, жойбарлар избе-из әмелге асырылмақта. Усы жерде айырым фактлерге итибар беремиз. Қараң, соңғы алты жыл ишинде аймақта 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылды. Исбилерменлердиң саны еки есеге көбейип, 46 мың турақлы жумыс жаратылды.
Алдынлары санаат өнимлери дерлик ислеп шығарылмаған үлкеде металлургия комбинаты, нефть-химия заводы комплекслери пайда болды, қурылыс материаллары, энергия ресурслары ҳәм басқа да кәрханалар бирме-бир иске қосылды. Санааттың кирип келиўи себепли алдынлары көрсеткишлери ең төмен болған 6 районда өндирис 2-3 есеге көбейиўине ерисилди. Кегейли сондай қалақ районлардың кәрўанбасысы еди. Алдынлары санаат улыўма жоқ болған бул районда шын кеўилден исленген ҳәрекетлер ҳәм аймақлар аралық бирге ислесиў нәтийжесинде үш жойбар иске қосылды. “Ақтуба текстиль” солардың бири болып есапланады. Жылына үш миллионнан аслам трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған кәрхана жумысшылары жылына 6 миллион долларлық өним экспорт етиў мақсетинде мийнет етпекте. Кәрхана үскенелериниң барлығы Германия, Япония, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден алып келинип, орнатылған ең заманагөй үскенелер болып есапланады.
Және бир мақтанышлы тәрепи, кәрхананың өзинде жасларды кәсип-өнерге қайта таярлаўшы оқыў орайы шөлкемлестирилген. Онда мәҳәллелердеги кәсипке қызығыўшы жумыссыз жигит-қызлар тәжирийбе арттырды, өнер ийелейди….
Жетискенликлер әлбетте қуўанышлы еди. Бирақ, Президентимиз олардан қанаатланбады, қарақалпақ халқының дастурханы және де мол болыўына тийкар болатуғын жаңа басламаларды билдирди. Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратыў ҳәм усы жылдың өзинде оған 250 миллиард сум қаржы қаратыў солардың бири еди.
Бир мәҳәллеге 500 миллион’ Енди бул санды таллаўға ҳәрекет етейик. Егер бул пуллар дурыс жумсалса, қанша илажсыз шаңарақ аўыр жағдайдан қутылыўы, қанша жумыссызлар жумыслы, қанша шаңарақлар болса киши-киши исбилерменлик пенен шуғылланыў имканиятына ийе болады. 452 мәҳәллениң ҳәр биринде, 10 адам жумыслы болғанда да неше жүз адамның қазаны қайнайды.
Екинши баслама – кадастрсыз жайлар тилге алынғанда көп адамлар орынларынан турып кетти. Қараң, Қарақалпақстанда 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер кадастр етилмеген екен. Мәмлекетимиз басшысы тараў жуўапкерлерине бул мәселени жеделлик пенен орынлаў ўазыйпасын тапсырды.
Турақ жай машқаласы Қарақалпақстан ушын да оғада әҳмийетли болып есапланады. Усы жылдың өзинде 4 мың турақ жай қурылысы ҳәм соған қосымша, заманагөй жойбар тийкарында және 4 мың жеке тәртипте турақ жай қурыўға 4 сотыхтан жер ажыратылатуғыны халықты оғада қуўанышлы етпеўи мүмкин емес еди, әлбетте.
Қарақалпақстанда жумыссызлық машқаласының шешилмей атырғаны, ҳәзир 72 мың рәсмий жумыссыз бар екенлиги мәмлекетимиз басшысын қатты тәшўишлендирди. Оның үстине ҳәр жылы 43 мың жаслар мийнет базарына кирип келмекте. Президент тәрепинен мине, усылар есапқа алынып, 193 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм Қарақалпақстанды pжумыссызлықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў ўазыйпасы қойылды. Мәжилистен соң Президентимиз Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында миллетлер аралық татыўлыққа бағышланған мәдений илажда қатнасты.
Президенттиң бул илажға қатнасыўы тосаттан болған емес екенлигин атап өтиў орынлы. Шавкат Миромонович қарақалпақ халқының өзине тән мәденияты, дилбар әдебияты, реңли көркем өнерине студентлик жылларында-ақ меҳир қойғанын көп мәрте тилге алған, сапарларының биринде болса: Жаслықта, студентлик дәўиринде институтымызда өткерилетуғын ҳәр қыйлы илажлар, байрамларда қарақалпақстанлы жаслар жүдә белсене қатнасатуғын еди. Әсиресе, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларына пахта теримине шыққанымызда, жумыстан кейин, кешки ўақытлары гүлхан әтирапында қарақалпақ қызларымыз, жигитлеримиз Күнхожа, Әжинияз, Бердақ сыяқлы шайырлардан төртлик оқып, қосық айтып, аяқ ойын ойнағанларында ҳәммемиз лал қалатуғын едик.
Мен сол ўақытта “Бозатаў”, “Айдынлар”, “Дембермес” деген қарақалпақ қосықларын биринши мәрте тыңлап, өзимди сыйқырланып қалғандай сезингенимди ҳәзир де жақсы еслеймен», деп мақтаныш пенен атап өткен.
Сахнада Президент жаслығында сүйип ардақлаған “Шағала”, “Дембермес”, “Нигарым” сыяқлы нама-қосықлар атқарылды. Әлийшер Наўайы, Бердақ, Мақтумқулы, Абай, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигинен үлгилер оқылды.
Мәмлекетимиздеги ең ески театрлардан бири болған, не бир талантлы көркем өнер ғайраткерлери, театр ғайраткерлерин камалға келтирген бул дәргайдағы ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде мәмлекетимиз басшысы миллий шығысқа тән қәдириятларымызды улығлаўшы шығармаларды көбирек қойыў, ўәлаятлар бойлап гастролларға шығып, жасларды театрға қайтарыў, мәдениятты байытыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде кексеси менен жасы – барлық үлкеде өмир көринислери пүткиллей өзгерип баратырғанын мақтаныщ пенен атап өтти.
Ҳақыйқатында да, кейинги жыллары Қоңырат сода заводы, дүньядағы ең ири жойбарлардан бири болған Үстирт газ химия комплексиниң кең көлемде жумыс алып барып баслағаны, Нөкис халықаралық аэропортында әмелге асырылған модернизация жумыслары, қамысты қайта ислеп, қурылыс материаллары таярлайтуғын кәрханалардың көбейиўи, боян тамыр плантацияларының кеңейип баратырғаны, заманагөй автоматласқан цемент, лак-бояў заводларының иске қосылыўы ҳәм басқа да үлкен көлемдеги жойбарлар кимди қуўандырмайды, таң қалдырмайды дейсиз.
Егер Бердақ баба тири болғанында, бундай тарийхый бурылысларды көрип:
Шайыр едим, көзим көргенин жаздым,
Көкирегимниң сезип билгенин жаздым,
Заман қысметинен сарғайдым аздым,
Боларма, деп жақсы күнлер халық ушын,
деп емиренбеген, керисинше, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтай:
Мийнет десе жең түринген палўандай,
Арбаға таў тийе десе тийеген.
Дослық десе жулдыз таўып алғандай,
Халқымның ақ көкирегин сүйемен.-
деп дүньяға жар салған болар еди.
Өтмиште көп азаплар көрген қарақалпақ халқы раўажланыўдың бәлент шоққыларына исенимли баратыр. Ақкөкирек халықтың келешеги болса және де айдын. Барлық тараўлардағы өзгерислер сондай жеделлик пенен раўажланып бармақта, және 5-10 жылдан кейин бул тәреплерге келген адам қарақалпақ жерин таный алмайды. Сондай, қарақалпақлылардың шаңарағына қуўаныш ҳәм бахыт, Арал жағаларына қуслар, Қызылқум шөллерине сайғақлар, туўалақлар, көллерине сийрек гезлесетуғын балықлар қайтпақта.
Бул ел, бул жер ҳаққында еле қаншадан-қанша шығармалар жазылады, кинолар дөретиледи, дәстанлар тоқылады, қосықлар айтылады.
Мен де мақалаға сыймаған сезимлеримди қосық қатарларында бериўге ҳәрекет еттим:
Гә бахытқа бөленип – шықты қуяшын,
Гә Жайҳунға сыймай ақты көз жасың
Эҳ, не-не ғамларды көрмеди басың,
Бирде шам, бирде шоқ, бирде шақмағым, –
Қарақалпағым
Бәлки Авестодан ескидур даңқың,
Нәслиң – қарақалпақ, түркийдур қаның,
Тастан да қаттыдур ҳәр тислем наның,
Туўысқан, ўатанлас, урыў-аймағым, –
Қарақалпағым
Кимлердур қасқырдай талады көп-көп,
Кимлердур табаның жалады көп-көп,
Гүрестиң гә жалғыз, гәсинде топ-топ,
Эй, жазды көреалмай қуўраған бағым, –
Қарақалпағым
Ығбал излеп гә Едил, гә жайықта,
Жаўлар пәнже урды өткир тыйықта,
Күнлеринң топанда ыққан қайықтай,
Боран, даўылларда шыңланған таўым,-
Қарақалпағым
Ол қара күнлериң сағымдур бүгин,
Сен ҳәм мен – бир уллы кәрўанбыз бүгин,
Еден елбасшымыз сәрўандур бүгин,
Аўылым, баўырым, көзим, қарағым, –
Қарақалпағым
Аралға қайтпақта ақ шағалалар,
Жаңарып бармақта аўыл, қалалар,
Үстиртте жымыңлар мың-мың шырақлар,
Мәңгиге өшпейди – өшпес шырағым,
Қарақалпағым
Бостанға айланғай шөллериң енди,
Жулдызларға жеткей қолларың енди,
Нурларға көмилгей жолларың енди,
Кеўли қайнаўытлым, нарзан булағым, –
Қарақалпағым,
Қарақалпағым.
30-март, 2023-жыл
Абдусаид Кўчимов
Қарақалпақстан хабар агентлиги