Нөкис қаласы 1-санлы мектепке немис тили пәни бойынша германиялы эксперт Аннамария Бишоф келди. Ол үш ҳәпте даўамында оқыўшыларға немис тилин оқытыў менен бирге, немис тили мағаллимлерине шеберлик сабақларын алып барады. Оқытыўдың жаңа методларын, көп жыллық педагогикалық тәжирийбелерин немис тили муғаллимлери менен бөлиседи.
Мектеп оқытыўшыларының педагогикалық потенциалын арттырыў, оқытыўдың жаңа методларын енгизиў, қалаберди, Германия Республикасының жоқарғы оқыў орынлары менен мектептиң бирге ислесиўин тәмийинлеў мақсетинде усындай тәжирийбе алмасыў процеслери болып өтпекте.
Бул баслама Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Елимиз тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илимниң раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги