Бас нызамымыз – Өзбекстан Республикасының Конституциясына байланыслы референдум усы жылдың 30-апрелинде болып өтеди. Усы әҳмийетли сиясий процесс алдынан республикамыздың барлық аймақларында «Конституция-өзимиздики!» сүрени астында конституциялық нызам жойбары бойынша үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.
Нөкис гарнизонында өткерилген үгит-нәсият илажы жоқары кейпиятта шөлкемлестирилип, халық ҳәм армияның аўызбиршилигин, ҳәр бир ўатанласымыздың жәмийетимиздеги өзгерислерге, елимиз тәғдирине бийпәрўа емеслигин көрсетти.
Бул ҳаққында Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызмети хабар берди.
Нөкис гарнизоны Руўхый-ағартыўшылық орайының имараты алдында өткерилген илажда Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы генерал-майор Фарҳоджан Шерматов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары Лейли Сейтова ҳәм Руслан Жумамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы Зухра Реймова, Жоқарғы Кеңес депутаты Зуҳра Палўанова, Нөкис қаласы кеңеси депутаты Гулсара Абибуллаева, Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Шуҳрат Зоиров, оқыўшы-жаслар ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер, конституциялық реформалар «Алдын инсан, кейин-жәмийет ҳәм мәмлекет» деген идея тийкарында еркин, демократиялық, ҳуқықый ҳәм социаллық мәмлекетти қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли екенин атап өтип, ҳәммени референдумда белсене қатнасыўға шақырып қалды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Нөкис гарнизоны Руўхый-ағартыўшылық орайы әскерий оркестриниң дөретиўшилери тәрепинен Ўатан гимнин жырлаған саз ҳәм намалар ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады.
Өзбекстан Республикасының референдумы республика нызамларын ҳәм басқа да қарарларды қабыл етиў мақсетинде жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың ең әҳмийетли мәселелери бойынша пуқаралардың улыўма халықлық даўыс бериўи екенин мағлыўмат орнында айтып өтиў керек. Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясында статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 ден 434 ке көбеймекте. Әмелдеги 128 статьядан 91 ине концептуал өзгерислер киргизилмекте. Конституция текстиниң 65 процентке жаңаланыўы режелестирилмекте.
ӨзА