Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ең әҳмийетли мәселелерден бири есапланады Өзбекстан Республикасының жаңа редакциясындағы Конституция жойбарының 49-статьясы бесинши бөлиминде Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көретуғыны белгиленбекте.
Бул норма әмелдеги Конституцияда белгиленбеген еди. Бундай норманың айрықша белгилениўи Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў, оны тиклеў ҳәм раўажландырыў ушын бул бағдарда илимий изленислер алып барыў ҳәм нәтийжелерин енгизиў бойынша тийисли ўазыйпаларды алдымызға қояды. Арал теңизиниң майданы 10, суў көлеми болса 15 есеге кемейип суў қәдди 29 метрге түсип кетти. Суў қурамындағы дуздың көрсеткиши 150-300 гр литрге жетти. Нәтийжеде балық ҳәм жәнликлер қалмай биологиялық жақтан өли теңизге айланған. Арал теңизи қыста ҳәм жазда мәмлекетимизге келип атырған ҳаўа ағымын да бир бапта тәмийинлеп, терморегулятор ўазыйпасын атқарып келген. Тилекке қарсы, Аралбойы регионында жүзеге келген глобаллық экологиялық машқала регион халқының турмыс тәризине унамсыз тәсир көрсетпекте.
Сол себепли Аралбойы регионын раўажландырыў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды. Арал теңизиниң қурып қалған бөлегинде экосистеманы жақсылаў, изертлеўлер ҳәм инновациялардың алдынғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын көп тәреплеме шериклик траст фонды дүзилди. 2021-жыл 18-май күни БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң усынысына бола Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясы қабыл етилди. Республикамызда климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, «жасыл» экономикаға өтиў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда Ташкент химия-технология институтында да бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлеринен ибарат қурамда жумысшы топарлар дүзилип, Аралбойы регионы аймағында экспедициялар шөлкемлестирилди. Экспедиция даўамында Арал теңизиниң қурыған түбинде жаңа түрдеги өсимликлерди жетистириўди шөлкемлестириў мақсетинде Аралбойы аймағында өсип атырған өсимликлерден, топырақтан үлгилер алынып, таллаў жумыслары әмелге асырылды. Бүгинги күнде институтта Аралбойы аймағынан алынған черкез ҳәм қандим, жантақ, сексеўил сыяқлы өсимликлердиң нәллери ҳәм топырақ үлгилери үстинде илимий излениўлер алып барылмақта.
Бул бағдарда алып барылып атырған бундай жумыслар аймақлардың топырақ-климат шараятларынан келип шығып, егиўге жарамлы дарақ-пута нәллерин жетистириў, аймақларда «жасыл бағлар»ды көбейтиў, суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланған ҳалда суўғарыў жумысларын жолға қойыў, тереклерге тәрбия бериў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиўге байланыслы әҳмийетли ўазыйпалардың әмелге асырылыўына хызмет етеди. Раўажланыўдың ҳәзирги басқышында, әсиресе, экологиялық машқалалардың кескинлесиў шараятында Конституцияда қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы нормалардың беккемлениўи мәмлекетимиз экологиялық машқалаларын шешиўге байланыслы раўажланыўдың бас бағдарынан бири сыпатында белгиленгени сәўлеленеди.
Аралбойы аймағындағы халықтың қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықы инсанның тийкарғы фундаментал ҳуқықларынан болып, инсанның барлық тийкарғы ҳуқықларын, соның ишинде, жасаў ҳуқықын әмелге асырыў ушын оғада әҳмийетли болып табылады. Бул нормалар халық ҳәм келешек әўлад ушын экологиялық таза аймақты сақлап қалыў, Аралбойы регионында жасайтуғын халықты социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў, олардың жасаўы ҳәм раўажланыўы ушын қолайлы қоршаған орталықты тәмийинлеўдиң Конституциялық кепилликлерин жаратады.
Ботир Усмонов,
Ташкент химия-технология институтының ректоры
ӨзА